Telegram karinform

Спорт

  • 15.07.2019 17:31
  • 1711

Қарақалпақстанлы мектеп оқыўшылары халықаралық жас қутқарыўшылар жарысына қатнаспақта

Қарақалпақстанлы мектеп оқыўшылары халықаралық жас қутқарыўшылар жарысына қатнаспақта
Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 31-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшыларынан дүзилген «Жайҳун» командасы Қазақстан Республикасының Көкшетаў қаласында болып өтетуғын халықаралық жас қутқарыўшылар жарысына қатнаспақта. Бул ҳаққында бизге ҚР Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық оқыў методикалық орайы директорының орынбасары Айбек Дәўлетбаев хабар берди.
Дәслеп Астана қаласына жетип барған жерлеслеримизди Өзбекстанның Қазақстандағы елшиханасы ўәкили Д.Ҳакимов күтип алды.
Қарақалпақстанлы мектеп оқыўшылары халықаралық жас қутқарыўшылар жарысына қатнаспақта
Усы жылдың 15-19-июль күнлери аралығында Көкшетаў қаласында болып өтетуғын жарысқа Россия, Әзербайжан, Беларуссия, Қырғызстан сыяқлы дүньяның 12 мәмлекетинен жас қутқарыўшылар командалары қатнасыўы күтилмекте.
Улыўма 11 шәрттен ибарат болған жарыста жерлеслеримиз өзлериниң күшли таярлықлар менен келгенин көрсете алады, деген үмиттемиз.
Мағлыўмат ушын, пайтахтымыздағы 31-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшыларынан дүзилген «Жайҳун» командасы усы жылдың 16-18-май күнлери болып өткен Өзбекстан басқышында 1-орынды ийелеп, халықаралық басқышта республикамыз атынан қатнасыў ушын жоллама алған еди.
Жарыстың барысы ҳаққында кейинги материалларымыз арқалы таныстырып барамыз.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай