Telegram karinform

Экономика

  • 18.07.2019 17:28
  • 1719

Тақыятас ЫЭСтеги жағдай авария емес екенлиги айтылмақта

Тақыятас ЫЭСтеги жағдай авария емес екенлиги айтылмақта
Тақыятас районындағы ыссылық электр станциясының еки энергоблокы электр узатыў линияларындағы машқалалар себепли 18-июль күни өшип қалған. Бул ҳаққында станция мағлыўматларына тийкарланып «Газета.uz» хабар берди.
Энергоблоклардың жумысы тоқтап қалғаны ушын Хорезм ҳәм Қарақалпақстанның айырым районларында электр тәмийнаты үзилип қалған.
«Авария деп болмайды, бул өширилиў. Ҳәзир қайтадан жалғаў бойынша жумыслар алып барылмақта. Еки блок әллеқашан жалғанған, техникалық процесс даўам етпекте. Өшиў 10:43 те жүз берген. Себеплери үйренилмекте. Бул электр узатыў линиялары себепли де болыўы мүмкин, оларға Хорезм ўәлаяты, Қарақалпақстан да жалғанған. Қайта жалғаў бойынша жумыслар қашан жуўмақланыўы белгисиз. Бул техника болса, алдын ала бир зат деп болмайды», - деген ЫЭС ўәкили.
Энергетика министрлигинен хабар бериўинше, үзилис техникалық қорғаныў системасы ислеп кеткеннен соң биринши энергоблокта жүз берген (станцияда улыўма еки энергоблок бар). Арадан 12 секунд өтип қорғаныў системасы екинши энергоблокта ҳәм турбогенераторда (улыўма үш турбогенератор бар) да иске түскен.
10:59 да турбогенератор қайтадан ислей баслаған. Энергетика министрлиги ўәкиллериниң билдириўинше, еки энергоблокты жалғаў жумыслары даўам етпекте.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған