Telegram karinform

Технология

  • 19.07.2019 18:31
  • 1720

Қарақалпақстанда өртти тез сапластырыўға жәрдем беретуғын қурылма жаратылды

Қарақалпақстанда өртти тез сапластырыўға жәрдем беретуғын қурылма жаратылды
Қарақалпақстан Республикасы Өрт қәўипсизлиги басқармасының бөлим инженерии, капитан Маҳмуд Жуманиязов енгизген жаңалық өртлерди тез сапластырыў ушын хызмет етпекте. Бул ҳаққында «Халқ сўзи онлайн» хабар берди.
Қурылма жайлардың төбесиндеги темир-қаңылтырлы бастырмаларын тез ҳәм қысқа ўақытта ашыў имканиятын бермекте.
- Ҳәзирги ўақытта турақ жайлардың төбесин ҳәр қыйлы реңдеги заманагөй темир-қаңылтырлы бастырмалар менен қаплаў ҳәм оларды буралатуғын винтлер арқалы қатырыў үрдиске айланған, - дейди М.Жуманиязов. – Егер усындай жайларда өрт жүзеге келсе, бастырмаларды ашыўға, нәтийжеде өртти сапластырыўға көп ўақыт кетеди. Биз жаратқан дрель қурылмасы болса қысылған ҳаўа жәрдеминде ислейди. Оның жәрдеминде темир-қаңылтырлы бастырмалар тез ҳәм ҳеш қандай зыян жеткерилместен ашылады. Итибарлы тәрепи, зыян жеткерилмей ашылған бастырмаларды қайтадан пайдаланыў мүмкин болады.
Ҳәзирги ўақытта қурылма әмелде қолланылмақта.

Аўдарма: Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал