Telegram karinform

Сиясат

  • 03.11.2017 07:23
  • 2135

Бишкек оқыўшылары Атамбаевтан Қазақстан менен жарасыўды сорады

Бишкек оқыўшылары Атамбаевтан Қазақстан менен жарасыўды сорады

Бишкекте оқыўшылар троллейбустың ишинде флэшмоб шөлкемлестирди. Олар қырғыз халқының миллий саз әсбаплары менен қазақ халқының композицияларын атқарды, деп хабар бермекте Sputnik.kg басылымы.
Жәмийетлик транспорт ишинде Жумамудун Шералиев атындағы №6 балалар көркем өнер мектебиниң оқыўшылары қазақ халкының композиторы Н.Тилендиевтиң оркестрлик поэмасы болған «Ата толғаўы» композициясын атқарған.
Мектеп оқытыўшысы Толгонай Осмонованың билдириўинше, балалар бул қосықты атқарыў арқалы Қырғызстан ҳәм Қазақстан президентлерин досласыўға шақырған.
«Қырғыз ҳәм қазақ халқының түби бир. Олар сиясий жағдайларға байланыслы бөлинбеўи керек. Мәдениятымыз, дәстүрлеримиз де тутас. Биз еки елдиң мәңги дослықта жасаўын қәлеймиз. Бул флэшмобты «Досласайық» деп атаўға болады», - дейди Осмонова.
Төменде сиз флэшмобты тамашалаўыңыз мүмкин.



Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған