Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.11.2017 11:22
  • 1987

Нью-Йорктағы терактти «Ислам мәмлекети» өз мойнына алды



«Ислам мәмлекети» экстремистлик топары Нью-Йоркта жүк тасыўшы көлик пенен 8 адамның өлимине, 12 адамның жарақатланыўына себепши болған, Өзбекистан пуқарасы Сайфулла Саиповтың ҳәрекетлерин мойнына алды, деп хабар бермекте BAQ агентлиги.
Хабарда жазылыўынша, АҚШта жайласқан SITE Intelligence Group топарының террористлик ҳәрекетлерди изертлеў жумысларында 3-ноябрь күни «Ислам мәмлекети» Саиповты «халифатлықтың әскери» деп атағанлығын анықлаған.
Саиповқа «террористлик топарға материаллық жақтан жәрдем бериў» айыбы тағылған. Полицияның хабарлаўына қарағанда, Саипов адамларды қаққан жүк тасыўшы көлик ишинен оның «Ислам мәмлекети»не садықлығы ҳаққындағы хат табылған.
Нью-Йорк мэри Билл де Блазио терактти «бийгүнә инсанларға зулымлық пенен қастыянлық етиў» деп баҳалады. Америкалы конгресменлер болса, Ақ үйди Саиповты Гуантанамо қамақханасына жибериўге шақырды.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Нөкисте пропан газ тасыўшы жүк машинасы аўдарылып кетти

Нөкисте пропан газ тасыўшы жүк машинасы аўдарылып кетти

    ЖТҲ айдаўшы басқарыўды жоғалтыўы нәтийжесинде жүз берген. Ҳәдийсе ақыбетинде ҳеш ким жарақат алмаған. Айрықша жағдайлар