Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.08.2019 15:54
  • 1849

Түйеқуслар, бес шақлы қой, балық аўы ушын қолайлы орын, интенсив бағ – Дем алысты Нөкис районында өткериў ушын әжайып мәнзиллер

Алдын хабар бергенимиздей, биз хабаршылар топары менен Нөкис районында хызмет сапарында болып, районның дыққатқа ылайықлы орынлары менен жақыннан таныстық.
Әсиресе, бизди районның туристлик орынлары, халқымыз бос ўақытларында келип дем алыўы ушын қандай шараятлар бар екенлиги оғада қызықтырды.
Түйеқуслар, бес шақлы қой, балық аўы ушын қолайлы орын, интенсив бағ – Дем алысты Нөкис районында өткериў ушын әжайып мәнзиллер
Биринши мәнзилимиз районның Нөкис қаласына жақын аймағындағы «Ата мәкан» дем алыў комплекси болды. Бул жерде туристлер ҳәм саяхатшылар ушын заманагөй ресторан, қарақалпақ халқының миллий қараүйлери хызмет етпекте.
Түйеқуслар, бес шақлы қой, балық аўы ушын қолайлы орын, интенсив бағ – Дем алысты Нөкис районында өткериў ушын әжайып мәнзиллер
Сондай-ақ, комплекстиң кирер жеринде түйеқуслар сақланбақта. Бул жерде және қуслардың кептер, қырғаўыл, таўыс ҳәм басқа да бир неше түрлери сақланып атырғанының гүўасы болдық.
Түйеқуслар, бес шақлы қой, балық аўы ушын қолайлы орын, интенсив бағ – Дем алысты Нөкис районында өткериў ушын әжайып мәнзиллер
Бизди ең ҳайран қалдырғаны усы жерде бес шақлы қойдың бар екенлиги болды.
Түйеқуслар, бес шақлы қой, балық аўы ушын қолайлы орын, интенсив бағ – Дем алысты Нөкис районында өткериў ушын әжайып мәнзиллер
Бир қарағанда қойға да, ешкиге де уқсап кететуғын бул өзгеше ҳайўан усы жерге келгенлерде айырықша қызығыўшылық оятады екен.
Түйеқуслар, бес шақлы қой, балық аўы ушын қолайлы орын, интенсив бағ – Дем алысты Нөкис районында өткериў ушын әжайып мәнзиллер
Мағлыўматларға қарағанда, бул жерди еле де кеңейтип, үлкен туристлик комплекске айландырыў, мийманхана қурыў бойынша жойбарлар исленип атыр екен.
Түйеқуслар, бес шақлы қой, балық аўы ушын қолайлы орын, интенсив бағ – Дем алысты Нөкис районында өткериў ушын әжайып мәнзиллер
Кейинги мәнзилимиз «Жалол қора Нукус» фермер хожалығына қараслы болған балық көллери болды.
Түйеқуслар, бес шақлы қой, балық аўы ушын қолайлы орын, интенсив бағ – Дем алысты Нөкис районында өткериў ушын әжайып мәнзиллер
Район аймағындағы «Саманбай» АПЖ аймағындағы халық тилинде «Бес саға» деп аталатуғын Нөкистен оншелли узақ болмаған жерде жайласқан бул көллерде дем алыўды қәлеўшилер ушын балық аўы ушын қолайлы шараятлар шөлкемлестирилген.
Түйеқуслар, бес шақлы қой, балық аўы ушын қолайлы орын, интенсив бағ – Дем алысты Нөкис районында өткериў ушын әжайып мәнзиллер
Ҳәр бир дем алыўшы нормасы менен балық аўлап, сол орынның өзинде аўқат етип писирип, дем алып кетиўи мүмкин.
Түйеқуслар, бес шақлы қой, балық аўы ушын қолайлы орын, интенсив бағ – Дем алысты Нөкис районында өткериў ушын әжайып мәнзиллер
Түйеқуслар, бес шақлы қой, балық аўы ушын қолайлы орын, интенсив бағ – Дем алысты Нөкис районында өткериў ушын әжайып мәнзиллер
Әжайып тәбият, жасыл тереклер менен қапланған аймақ бул жерге келиўшилер ушын оғада әжайып ҳаўа райын инәм етеди.
Түйеқуслар, бес шақлы қой, балық аўы ушын қолайлы орын, интенсив бағ – Дем алысты Нөкис районында өткериў ушын әжайып мәнзиллер
Буннан соңғы мәнзилимиз райондағы «Бақаншақлы» АПЖ аймағындағы «Рүстем» фермер хожалығы болды.
Түйеқуслар, бес шақлы қой, балық аўы ушын қолайлы орын, интенсив бағ – Дем алысты Нөкис районында өткериў ушын әжайып мәнзиллер
Түйеқуслар, бес шақлы қой, балық аўы ушын қолайлы орын, интенсив бағ – Дем алысты Нөкис районында өткериў ушын әжайып мәнзиллер
Түйеқуслар, бес шақлы қой, балық аўы ушын қолайлы орын, интенсив бағ – Дем алысты Нөкис районында өткериў ушын әжайып мәнзиллер
Бул жердеги шөлкемлестирилген интенсив бағда жүзим, алма ҳәм басқа да мийўе тереклери өспекте. Район орайынан өтетуғын киши канал бойында жайласқан бул жердиң тәбияты саяхатшыларда әжайып тәсирлерди қалдырады.

Районда буннан басқа да дем алыў ушын орынлар оғада көп. Бирақ, бизлердиң барып, өз көзимиз бенен көрген орынларымыз ҳәзирше усылардан ибарат болды.

Даўамы бар…

Ислам Матеков,
Азамат Әжимуратов.

Нөкис районынан арнаўлы таярланды.

(Ислам Матековтың түсирген фотолары).

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал