Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.08.2019 11:43
  • 1689

Президент бюджет мәкемелериниң ҳеш бирин пахта теримине алып шықпаў бойынша ҳәкимлерге қатаң ескертиў берди

Президент бюджет мәкемелериниң ҳеш бирин пахта теримине алып шықпаў бойынша ҳәкимлерге қатаң ескертиў берди
12-август күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында экономикалық тармақлар ҳәм аймақлардың экспорт потенциалын арттырыў, олардан нәтийжели пайдаланыў, инвестицияларды, ең алды менен, тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм өзлестириў, өндиристи жергиликлилестириў көлемин кеңейтиў мәселелерине арналған видеоселектор жыйналысы өткерилди.
Онда Президент көплеген мәселелерге тоқталған.
Селекторда сөзге шыққан Қашқадәрья ўәлаятының ҳәкими Зафар Рўзиев быйыл пахта жақсы болып атырғаны, оны жетистириў ушын барлық шараятлар жаратылып атырғанын айтты.
- Быйыл пахтада суўдан да, төгиннен де машқала болмады. Зыянкеслерден тазалаў ушын да 14 миллиард сум алдық, - деди Қашқадәрья ўәлаятының ҳәкими.
Президент Рўзиевтиң пахта ҳаққындағы гәплеринен соң барлық ҳәкимлерге быйыл пахта теримине бюджет мәкемелерин шығармаўды еслетип өтти.
- Быйыл пахта теримине мектеп, институт – улыўма бирде-бир бюджет мәкемелери алып шығылмайды, есиңизден шықпасын, - деп Президент сөзлерин келтирмекте Kun.uz сайты.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған