Telegram karinform

Сиясат

  • 20.08.2019 17:07
  • 1621

Ким бизлердиң реформаларымыздан гүман етсе, Мойнаққа келип көрсин – Шавкат Мирзиёев

Президенттиң өткен жылдағы сапары даўамында берилген көрсетпелер тийкарында ҳүкиметтиң Мойнақ районын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасы қабыл етилди. Онда 2019-2021-жылларда улыўма 1 триллион 485 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылыўы белгиленген. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.
Қысқа ўақыт ишинде бир неше объектлер пайдаланыўға тапсырылды. Атап айтқанда, 800 орынлық амфитеатр ҳәм мәмлекетлик хызметлер орайы қурылды, мәденият орайы ҳәм стадион, «Бозатаў» аўыл пуқаралар жыйынындағы шаңарақлық поликлиника реконструкцияланды.
Ким бизлердиң реформаларымыздан гүман етсе, Мойнаққа келип көрсин – Шавкат Мирзиёев
Июль айында «Мўйноқ порлоқ текс» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен тигиўшилик кәрханасы иске қосылды. 350 жумыс орны жаратылды.
Заманагөй машиналар орнатылған бул кәрхана жылына 1 миллион дана таяр тигиўшилик ҳәм трикотаж өнимлерин ислеп шығыў қуўатлылығына ийе. Ҳәзирги ўақытта простина ҳәм көрпе тыслары, арнаўлы жумыс формалары тигилмекте. Бул жердесаўда дүканы шөлкемлестирилген. Жаңадан қурылып атырған жайлардан кәрхана хызметкерлери ушын турақ жайлар ажыратылған.
Ким бизлердиң реформаларымыздан гүман етсе, Мойнаққа келип көрсин – Шавкат Мирзиёев
Шавкат Мирзиёев кәрхананың жумыслары менен танысты, жумыс ислеп атырған ҳаял-қызлар менен сәўбетлести.
Ким бизлердиң реформаларымыздан гүман етсе, Мойнаққа келип көрсин – Шавкат Мирзиёев
- Мойнақтағы өзгерислерди, сизлердиң көзлериңиздеги разылықты көрип оғада қуўанышлыман. Бул – алыс-алыс аймақларға барып ислеп атырған жумысларымыздың нәтийжеси. Егер кимдур бизлердиң реформаларымыздан гүман ететуғын болса, Мойнаққа келип көрсин, - деди Президент.
Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге кәрхананы турақлы ислетиў, өним түрлерин көбейтиў бойынша көрсетпелер берди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында