Telegram karinform

Сиясат

  • 20.08.2019 19:09
  • 1564

Президент Мойнақ районында Қарақалпақстан белсендилери менен сәўбетлесиў өткерди

Президент Мойнақ районында Қарақалпақстан белсендилери менен сәўбетлесиў өткерди
Президент Шавкат Мирзиёев Мойнақ районындағы мәденият орайында қарақалпақстанлы белсендилер менен сәўбетлесиў өткерди, деп хабар берди Президент баспасөз хызмети.
Мәмлекетимиз басшысы жыйналғанларды жақынласып киятырған Ғәрезсизлик байрамы менен қутлықлап, қарақалпақ елине шын жүректен ҳүрмет-иззетин билдирди.
- Сизлер менен биргеликте үлкен ҳәрекет басладық. Ҳәр бир аймақтың дәртин билейик, ҳәр бир инсанның ишине кирейик, ертеңги күнге исенимин оятайық деп терең ойланған реформаларды әмелге асырып атырмыз. Адмлар ертең емес, алыс келешекте емес, бүгин жақсы жасаўы керек, - деди Президент.
Бул сиясаттың нәтийжеси Қарақалпақстанда да айқын көринбекте.
Арал бойы халқының турмысын жақсылаў ҳаққындағы гәплер 50-жыллардан берли бар. Бирақ, соңғы еки жылда исленген жумыслар өз алдына.
Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен БМШ басшылығында Арал бойы аймағы ушын көп шериклик тийкарындағы Траст фонды дүзилди. Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Арал бойы халықаралық инновациялық орайы, Арал бойында инновацияларды қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилди. Теңиздиң қурыған ултанында қорғаў тоғайлықлары, Әмиўдәрья дельтасында киши суў бассейнлери пайда етилмекте.
Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 28-февральдағы қарарына муўапық Мойнақ районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша да бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Президент Мойнақ районында Қарақалпақстан белсендилери менен сәўбетлесиў өткерди
Президентимиздиң өткен жылы 15-ноябрьдеги сапары даўамында белгиленген ўазыйпалар тийкарында ҳүкиметлик бағдарлама қабыл етилди. Район орайында мәмлекетлик хызметлер орайы, амфитеатр, бассейн, спорт залы, музыка ҳәм көркем өнер мектеби, медициналық орай ҳәм басқа объектлер қурылды. 20 көп этажлы турақ жай қурылмақта.
Шын жүректен болып өткен ушырасыўда Нөкис қаласы ҳәм барлық районлардан келген ўәкиллер Мойнақтағы өзгерислерге ҳәўес еткенлигин атап өтип, өз орынларындағы кемшилик ҳәм әҳмийетли мәселелерди айтты. Оларды шешиў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.
- Зәўлим имаратлар, заманагөй техникалар менен мақтаныў шәрт емес. Ақыллы, билимли, пидайы перзентлерди тәрбияласақ ҳәм олар Ўатанға хызмет етсе, ең үлкен байлық, бахыт усы, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Президент Мойнақ районында Қарақалпақстан белсендилери менен сәўбетлесиў өткерди
Президент Мойнақ районында Қарақалпақстан белсендилери менен сәўбетлесиў өткерди

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған