Telegram karinform

Сиясат

  • 24.08.2019 15:02
  • 1645

Бозатаў районын қайта шөлкемлестириў мәселеси қаралды

Бозатаў районын қайта шөлкемлестириў мәселеси қаралды
Кегейли районы ҳәкимиятының мәжилислер залында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң 49-санлы гезексиз сессиясы болып өтти. Бул ҳаққында Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызметине тийкарланып Қаракалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети хабар берди.
Онда Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары, тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары қатнасты.
Сессия күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 20-21-август күнлери Қарақалпақстанға еткен сапары даўамында белгилеп берилген тапсырмалары тийкарында Бозатаў районын қайта шөлкемлестириў мәселеси қаралды.
Бозатаў районын қайта шөлкемлестириў мәселеси қаралды
Сессия даўамында Бозатаў районын шөлкемлестириў ҳәм ҳәкимшиликтиң орайы етип Бозатаў посёлкалық пуқаралар жыйынын белгилеў, «Қазанкеткен» мәкан пуқаралар жыйынын «Бозатаў» посёлкалық пукаралар жыйыны етип қайта дүзиў ҳәм «Қусқанатаў», «Аспантай», «Еркиндәрья» аўыл пуқаралар жыйыны ҳәм «Қазанкеткен» мәкан пуқаралар жыйынларында халықты қыйнап киятырған машқалаларды сапластырыў ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаў бойынша илажларды белгилеў ҳаққында мәселелер көрип шығылды.
Сессия даўамында күн тәртибинде көрип шығылган мәселелер бойынша усыныслар Халық депутатлары районлық Кеңеси депутатлары тәрепинен бир даўыстан мақулланды.
Сессия жуўмағында Бозатаў районын шөлкемлестириў ҳәм тийисли районлардың шегараларын өзгертиў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине усыныс киргизиў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.