Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.11.2017 22:54
  • 2397

Илимпазлар инсан өлгеннен соң не нәрселерди сезиўи мүмкинлигин анықлады



Нью-Йорктың илимпазлары көп жыллар даўамында марҳумлар үстинде изертлеў жумысларын алып барды. Бул изертлеўдиң нәтийжесине муўапық, олар инсан өлгеннен кейин қандай нәрселерди сезиўи мүмкин екенлигин анықлады, деп хабар берди livescience.com сайты.
Langone медициналық орайының илимпазларының пикиринше, инсан өлгеннен кейин жүреги тоқтаса да, бираз ўақытқа шекем есин билип жатады екен.
«Марҳумлар бул өмирде өзиниң тиришилигиниң тоқтағанлығын түсинип, әтирапында не болып атырғанын билип жатады. Енди өзиниң денесин басқара алмайтуғынлығын аңлайды», - дейди профессор Сэм Парни.
Бул илимпазлардың сөзиниң дәлийли сыпатында клиникалық өлимди басынан кеширгенлердиң гәплерин мысал сыпатында келтирген. Адамлар жүреги тоқтаған ўақтында әтирапындағы шыпакерлердиң не айтқанлығын айтып берген.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.