Telegram karinform

Мәденият

  • 07.09.2019 16:21
  • 2062

Қарақалпақстан командасы Қырғызстанда өткерилген «Кеўилли жигитлер» халықаралық таңлаўында 2-орынды қолға киргизди (+видео)

Қарақалпақстан командасы Қырғызстанда өткерилген «Кеўилли жигитлер» халықаралық таңлаўында 2-орынды қолға киргизди (+видео)
Усы жылдың 5-сентябрь күни Қырғызстан Республикасының Ош қаласы мэриниң кубогы ушын «Кеўилли жигитлер» атамасындағы халықаралық таңлаўы болып өтти.
Таңлаўға Қазақстан, Өзбекстан ҳәм жергиликли жас талант ийелери қатнасты.
Таңлаўға Өзбекстан Республикасынан Қарақалпақстан сайланды командасы ҳәм ТашМАУ Әндижан филиалының «Ағалар» командасы қатнасты.
Сәлемнама, сораў-жуўап ҳәм музыкалық шәрт сыяқлы басқышлардан ибарат таңлаў жуўмағына муўапық, Қарақалпақстан сайланды командасы сыйлы 2-орынды ийеледи.
Қарақалпақстан командасы Қырғызстанда өткерилген «Кеўилли жигитлер» халықаралық таңлаўында 2-орынды қолға киргизди (+видео)
- Барлық сахналық көринислеримизди қарақалпақ тилинде атқардық. Қоңсылас қырғыз ели оғада кеңпейил ҳәм миймандос халық екен. Бизлерге барлық шараятларды жаратып берди. Халқы бизлер атқарған сахналық көринислерден кеўиллери көтерилип, қоллап-қуўатлап отырды, - дейди Қарақалпақстан сайланды командасы ағзасы, әжайып талант ийеси Әзиз Назаров.
Мағлыўмат ушын, Қарақалпақстан сайланды командасы қурамында Әзиз Назаров, Дәстан Бектурсынов, Баҳадыр Қутлымуратов, Ислам Пирниязов ҳәм Байрамбай Әдиловлар өзлериниң талантларын көрсетти.


Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында