Telegram karinform

Сиясат

  • 07.09.2019 21:15
  • 1577

Мийнет мигрантлары ҳаққындағы пәрманның әҳмийети додаланды

Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал –демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тийисли министрлик ҳәм шөлкемлер менен биргеликте Президентимиздиң «Сырт елде ўақытша мийнет искерлигин әмелге асырып атырған Өзбекстан Республикасы пуқаралары ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын қорғаў кепилликлерин жәнеде күшейттириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының мазмун-мәнисин, онда белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған илаж болып өтти. Онда партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси хызметкерлери, тийисли министрлик ҳәм шөлкемлер, депутатлар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты, деп хабар берди ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Баспасөз хызмети.

Мийнет мигрантлары ҳаққындағы пәрманның әҳмийети додаланды

Илажды өткериўден мақсет, пәрманның мазмун-мәнисин әҳмийетин кең жәмийетшиликке, әсиресе электорат ўәкиллерине үгит-нәсиятлаў, онда белгилеп берилген баслы ўазыйпаларды додалаў, бул бағдарда партияның алда турған баслы ўазыйпалары бойынша мәселелер сөз етилди. Пәрманда пуқараларды сырт еллерде жәмлеспеген ҳалда жумысқа жайластырыў, олардың ҳуқықларын қорғаў механизмлерин күшейттириў, мийнет миграциясынан қайтып келген шахслар, сондай-ақ олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған анық ўазыйпалар белгиленди. Буннан тысқары сырт елде жумысқа жайласыў менен байланыслы болған қәрежетлерди төлеў ушын 2 миллион сўм муғдарында микроқарызлар бериў системасы енгизилмекте. Соның менен бирге ҳәр бир кепиллинген мийнет мигрантына жылына бир мәрте 50 мың сўм муғдарында шет елде мийнет жумысларын әмелге асырыў даўамында турмысы ҳәм саламатлығы және басқа да тәўекелшиликлерди кепиллеў бойынша кепиллик пулы суммасын қаплаў ушын суғурта компанияларына субсидия усыныс етиў тәртиби ислеп шуғылатуғын болды.
Сондай-ақ үй-жай шәраятларын жақсылаўға зәрүрлиги болған мийнет мигрантларына 2020 жылда көп қабатлы үйлерден республика бойынша жәми 3 462 үй ажыратылыўы нәзерде тутылған.

Мийнет мигрантлары ҳаққындағы пәрманның әҳмийети додаланды

Илаж даўамында мәмлекетимиз басшысының усы пәрманы сырт елде мийнет етип атырған ҳәр бир Өзбекстан пуқарасы ендигиден былай итибарда, қорғаўда екенлиги, яғный мәмлекетимиздиң ҳәр бир пуқарасы ол қай жерде, қандай шәраятта мийнет етиўинен тысқары олардың ҳуқықлары мәмлекет қорғаўында алыныўы киби бир қатар жеңиллик ҳәм имканиятлар мазмун-мәнисин халыққа әсиресе бүгин сырт елде ислеў арзыўында жүрген жасларға жеткериў лазымлығы барысында анық ўазыйпалар белгилеп алынды.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда