Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.11.2017 20:14
  • 2622

«Ылғаллы 30 күн» қалайынша 60 күн болып кетти?



Қарақалпақстан Республикасының жәмийетлик-сиясий, социал-экономикалық турмысындағы ең соңғы жаңалықларды өзбек тилинде сәўлелендирип барыўшы «Қорақалпоғистон тонги» газетасының 2017-жыл 19-октябрьдеги №46 (1263) санында, биринши бетте «Пахта йиғим-теримида 15 сентябрдан – 15 ноябргача «Зарбдор 30 кун»лик бўйича нуроний оталаримиз ва оналаримиз, хотин-қизларимиз ва ёшларимиз ҳамда бутун халқимизга мурожаат!» («Пахта жыйын-териминде 15-сентябрьден – 15-ноябрьге шекем «Ылғаллы 30 күн»лик бойынша нураный аталарымыз ҳәм аналарымыз, ҳаял-қызларымыз ҳәм жасларымыз және де пүткил халқымызға мүрәжат!») деп аталған Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети, «Маҳалла» қорының Қарақалпақстан Республикалық бөлими, «Нураный» қорының Қарақалпақстан Республикалық бөлими, Өзбекистан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Кәсиплик аўқамлары бирлеспесиниң Кеңеси тәрепинен үндеў жәрияланды. Үндеўдиң дыққатқа ылайықлы тәрепи, оның темасында болып отыр. Өйткени, 15-сентябрьден – 15-ноябрьге шекемги ўақыт 30 күн емес, 60 күнди қурайды.



«30 дегенди 60 деп жазыў керек екен» деп отырсақ, үндеўдиң текстиндеги қатарлар және итибарымыз орайына түсти. Онда «… Шуни инобатга олган ҳолда, 15 октябрдан – 15 ноябргача «Зарбдор 30 кун»ликни эълон қилиб…» деген қатарлар берилген. Демек, «Ылғаллы 30 күн»ликтиң 60 күнге айланыўы тек ғана материалдың темасында жиберилген қәте екенлигин билиўимиз мүмкин.



Дурыс, жумыс бар жерде кемшилик болады. Биз бул арқалы газета редакциясы жәмәәтине айып тақпақшы емеспиз. Деген менен, әпиўайы болып көринген кемшилик ўақты келип орны толмас жағдайларға алып келиўи мүмкин. Әсиресе, жәмийеттиң көз алдында турған журналистлердиң белгили бир қәте-кемшиликлери оның жумыс ислеп атырған ғалаба хабар қуралына деген оқыўшы қәўиминиң исенимин төменлетип жибереди. Дыққатлы болайық, ҳүрметли журналистлер!

Ислам Матеков ҳәм Сахибжамал Есемуратова.
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында