Telegram karinform

Мәденият

  • 16.09.2019 16:21
  • 1726

НМПИдиң «Туран» командасы қатнасыўындағы шерек финал қашан болып өтеди? Қарсыласлар қайсы командалар?

НМПИдиң «Туран» командасы қатнасыўындағы шерек финал қашан болып өтеди? Қарсыласлар қайсы командалар?
Жоқары оқыў орынлары студентлери арасында ҳәр жылы өткерилип киятырған «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» республикалық таңлаўының шерек финал ойынларының кестеси жәрияланды.
Кестеге муўапық, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Туран» командасы усы жылдың 25-сентябрь күни шерек финал ойынында қатнасады. Шерек финалдың 5-ойыны сыпатында көрсетилген бул басқыштағы қарсылас командалар төмендегилер:

1) Гүлистан мәмлекетлик университетиниң «Божалар» командасы;
2) Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының «Art-study» командасы;
3) Үргениш мәмлекетлик университетиниң «Ёшуллилар» командасы;
4) «Наўайы азот» өндирислик бирлеспеси «Ширин» мәденият сарайының «Ака-укалар» командасы.

Шерек финал басқышы саат 15:00 де «Түркстан» сарайында болып өтеди.

Еслетип өтемиз, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Туран» командасы «Қуўнақлар ҳәм зийрек» республикалық таңлаўының 2018-жылдағы мәўсиминде финалға шекем жетип барып, сыйлы 2-орынды ийелеген еди.
НМПИдиң «Туран» командасы қатнасыўындағы шерек финал қашан болып өтеди? Қарсыласлар қайсы командалар?


Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында