Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.10.2019 15:47
  • 1476

«Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамның қабыл етилгенлигиниң 30 жыллығы кең түрде белгиленеди

«Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамның қабыл етилгенлигиниң 30 жыллығы кең түрде белгиленеди

«Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамның қабыл етилгенлигиниң 30 жыллығын кең түрде белгилеў ҳаққындағы Президент қарары қабыл етилди. Оған муўапық, усы жылдың октябрь айында «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилгенлигиниң 30 жыллығы кең түрде белгиленеди. Қарар менен усы илажға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириўши комитет қурамы ҳәм өткерилетуғын ғалабалық руўхый-ағартыўшылық ис-илажлар бағдарламасы тастыйықланды. Шөлкемлестириўши комитетке илаждың өткерилиў менен байланыслы бир қатар ўазыйпалар жүклетилди. Улыўма билим бериў мектеплери оқыўшылары ортасында өзбек тили темасы бойынша шығармалар таңлаўы өткериледи. Сондай-ақ, 21-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы көркем өнер орайларында Нызам қабыл етилгенлигиниң 30 жыллығына бағыланған салтанатлы байрам илажлары шөлкемлестириледи.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған