Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.10.2019 10:33
  • 1776

«Agora Awards-2019» таңлаўынан әжайып сүўретлер онлығы

Agora images’тың бийпул қосымшасында 9 айлық таңлаў жәрияланғаннан соң, фотосүўретшилер тәрепинен 130 000 нан аслам арзалар қабыл етилген. 21 мәмлекеттен келген фотосүўретшилер тийкарғы сыйлық – 25 мың АҚШ доллары ушын беллести. Таңлаў шәртлерине муўапық, фотосүўрет жанры қәлеген жөнелисте болыўы мүмкин ҳәм жеңимпазлықты қолға киргизиў ушын көбирек даўыс топлаўы керек еди. Таңлаўдағы ең әжайып сүўретлерди төменде тамашалаўыңыз мүмкин.

Азатлық қосығы
Сүўретте Боб Марлейдиң «азатлық қосығы»нан илҳамланған балалар. Автор: Майкл Абоя

«Agora Awards-2019» таңлаўынан әжайып сүўретлер онлығы

Клубника ыссыханалары
Ҳаяллар Туркияның Эгей аймағында жайласқан клубника ыссыханаларында жумыс ислемекте. Автор: Лейли Эмектар

«Agora Awards-2019» таңлаўынан әжайып сүўретлер онлығы

Дүньядағы ең сулыў айланба жол
12 көше бирлесетуғын Париж Триумфал аркиниң вертикал панорамасы. Автор: Генри До

«Agora Awards-2019» таңлаўынан әжайып сүўретлер онлығы

Суў – бул тиришилик
Тайфунлар Филиппинде жүдә кең тарқалған болса да, булл жерде адамлар еле де өмир беретуғын суўға сыйынады. Автор: Фрои Ривера

«Agora Awards-2019» таңлаўынан әжайып сүўретлер онлығы

Жыртқыш көринис
Кабарсено тәбият бағы. Автор: Серхио

«Agora Awards-2019» таңлаўынан әжайып сүўретлер онлығы

Аўыл хожалығы
Шығыс Ветнамдағы гүриш майданларының сүўрети. Автор: Диеп Ван

«Agora Awards-2019» таңлаўынан әжайып сүўретлер онлығы

От өшириўшилер
Жергиликли халық ҳәм от өшириўшилер Бангладешта өрт пенен гүресиў ушын топар болып ислемекте. Автор: Танвир Роҳан

«Agora Awards-2019» таңлаўынан әжайып сүўретлер онлығы

Рейн үстиндеги еки айқулақ
Фотосүўретши Лофотен атаўындағы көпирден булл сүўретти алған. Автор: Паал Лунд

«Agora Awards-2019» таңлаўынан әжайып сүўретлер онлығы

Жер астында 6 фут тереңликте
Украинада таң ўақтында фотосүўретши кишкене қәбир қазып атырған адамды сүўретке алған. Автор: Дэвид Карбонелл

«Agora Awards-2019» таңлаўынан әжайып сүўретлер онлығы

Қар шабандозы
Монголияда қыс. Автор: Зай Яр Лин

«Agora Awards-2019» таңлаўынан әжайып сүўретлер онлығы

Сахибжамал Есемуратова

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз