Telegram karinform

Сиясат

  • 18.10.2019 07:46
  • 1533

Өзбекстанда алкоголь өнимлериниң баҳасы көтерилиўи күтилмекте

Өзбекстанда алкоголь өнимлериниң баҳасы көтерилиўи күтилмекте

Өзбекстан Финанс министрлиги алкоголь өнимлериниң минимал көтере сатыў ҳәм усақлап сатыў баҳалары қайта көрип шығылып, жаңа қарар жойбары жәрияланды, деп хабар берди Spot.
Онда келтирилиўинше, минимал баҳалар ҳәр жылы көтериледи, тийисли қарар декабрь айының ақырында қабыл етиледи ҳәм январь айынан баслап енгизиледи. Бул процесс 2010-жылдан берли даўам етип келмекте.
Ҳәзирги баҳалар 2018-жылдың декабрь айында енгизилген еди. Жәрияланған қарар жойбарына муўапық, баҳаларды усы жылдың 1-ноябринен баслап енгизиў усыныс етилмекте. Қарардың жойбарына көре, таяр виноның бир литри ушын көтере сатыў баҳасы 8000 сўмнан 8600 сўмға, усақлап сатыў баҳасы болса, 9600 сўмнан 10200 сўмға көтериледи.
Бир литр коняктың көтере сатыў баҳасы 29000 сўмнан 31000 сўмға, усақлап сатыў баҳасы 34600 сўмнан 36600 сўмға көтериледи.
Таяр арақ ҳәм басқа да алкоголь өнимлериниң бир литри ушын жаңа көтере сатыў баҳасы ҳәм усақлап сатыў баҳалары сәйкес түрде 22000 ҳәм 26000 сўм етип белгилениўи күтилмекте.


Сахибжамал Есемуратова

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...