Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.10.2019 10:03
  • 1592

Каримов Фонды сырт елде билим алыў ушын IV тәлим грантлар таңлаўын жәриялады

Каримов Фонды сырт елде билим алыў ушын IV тәлим грантлар таңлаўын жәриялады

Фондтың жаңа тәлим грантлары төмендеги қәнигеликлер бойынша Европаның жоқары оқыў орынларында магистратура басқышында оқыў имканиятын береди:

  • Қайта тиклениўши энергия дәреклери;

  • Химия ҳәм химия технологиясы;

  • Суў ҳәм жер ресурсларын басқарыў;

  • Машинасазлық технологиялары;

  • Архитектура. Имарат ҳәм иншаатлар қурыў;

  • Автомобиль жоллары, көпирлер, тоннеллер, жол өткизгишлер ҳәм аэродромларды проектлестириў ҳәм қурыў;

  • Текстиль санааты технологиялары ҳәм үскенелери;

  • Туризм хызметлерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў;

  • Информациялық хызметлер ҳәм жәмийетшилик пенен байланыслар.


Таңлаўда инглис, немис ямаса француз тиллерин жақсы билетуғын Өзбекстан ямаса шет ел жоқары оқыў орнын питкерген ямаса соңғы курста оқып атырған, жасы 35тен аспаған Өзбекстан пуқаралары қатнасыўы мүмкин.
Грант жеңимпазлары шет елде билим алыў ҳәм жасаў қәрежетлери Фонд тәрепинен қаржыландырылады.
Таңлаўда қатнасыў ушын ҳүжжетлер онлайн түрде қабыл етиледи:
https://goo.gl/forms/vNSA6KLY2JDOA86h1

Ҳүжжет тапсырыў мүддети: 2019-жыл 15-октябрьден 10-ноябрьге шекем.
Толық: http://cc.uz/163rg

Аўдармалаған: Сахибжамал Есемуратова

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған