Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.01.2020 14:50
  • 2172

КҮЛКИГЕ ҚАЛҒАН АРАЛ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң веб-сайтында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылары аўқамларының ағзасы, устаз журналист Өмирбай Өтеўлиевтиң «Күлкиге қалған Арал» атамасындағы дөретпеси жәрияланды. Дөретпе сиз, оқыўшылар ушын көширип басылмақта.
КҮЛКИГЕ ҚАЛҒАН АРАЛ
1990-жыллары геллениң гөшиндей ыдыраған уллы аўқам басшылары Аралды қайғырғандай Мойнаққа келгиш болды. Солардан, Агропром баслығы В.Мураховскийди күтип алыў мәресимине бастан аяғына қатнастым. Мойнақшылар тазалық ҳәм абаданластырыў ислерине кеўил бөлгендей болды. Самолёттың трапынан түсе сала теңиздиң жағасына барған қонақлар «Корабльлер қойымшылығы»н үнсиз гезгени менен руўхый түскинликке берилмеди. «Корабльлер қойымшылығы»нда ҳәзиргидей жети-сегиз емес, ҳәрекеттеги үлкен параход, судно, мотофлюгалардың өзи 40-50 ден асатуғын еди.

«Теңизден балық аўлаў жобасы орынланбағаны менен металлом тапсырыў көрсеткиши өседи…» деген ҳәзилкеш биреўиниң сөзлерине қалғанлары теңизди басларына көтере күлисти. Оларға үмитли көзлерин тигип, жақсы сөзлер еситкиси келген мойнақшылардың жигери қум болып, бир-бирлерине қарап қалды. Тас төбемнен муздай суў қуйылғандай денеме қалтыратпа тийип, өзимди зорға услап туттым. Тәбият та қырсыққандай басларымызға үйирилген қара булт жаўмаға қарады. Ҳақ нийет пенен жайған үй ийелериниң дастурханынан нан аўыз тийиўге де жарамай, келиўинен қайтыўы тезлести…

Мазасы еле таңлайларында татыған Мойнақ консерваларын умытыўға ҳеш кимниң ҳақысы жоқ. Нутрия, ондатра терилери, басқа да байлықлары өз алдына бир дүнья еди. Бүгинлиги жәрдемге мүтәж теңизди өз ҳалына таслап, нешше жыллар «Сибирь дәрьяларын бурып, суўын ағызамыз» деп алдартқанлары соңына қарай билип қалдық.

Жағысқа жетип қалған үлкен-кишили кемелердиң көпшилиги майда бөлеклерге бөлинип, «металлом»ның ақшалары сыңғырлап қалталарға түскен. Теңиз жағалаўларын жалғыз гезер болсам, еситкен зәҳәрли сөзлер менен ызғарлы күлкилер елеберин қулағымнан сембейди…

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

    Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар

Қарақалпақстанда биринши мәрте Арал мәденият саммити өткериледи

Қарақалпақстанда биринши мәрте Арал мәденият саммити өткериледи

Усы жылдың 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстанның Нөкис қаласында биринши мәрте Арал мәденият саммити болып өтеди, деп хабар...