Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.02.2020 18:08
  • 1683

10 жоқары оқыў орнының ректоры өзгерди

10 жоқары оқыў орнының ректоры өзгерди
«Жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорларын лаўазымларға тайынлаў ҳаққында»ғы Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.

Қарарға муўапық:
Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети;
Жиззақ мәмлекетлик педагогикалық институты;
Наўайы мәмлекетлик педагогикалық институты;
Наманган мәмлекетлик университети;
Ташкент химиялық технология институты;
Самарқанд мәмлекетлик медицина институты;
Қаршы инженерлик экономика институты;
Наманган инженерлик-қурылыс институты;
Қоқанд мәмлекетлик педагогикалық институты;
Астрахань мәмлекетлик техника университетиниң Ташкент ўәлаятындағы филиалына жаңа ректорлар сайланды.

Мағлыўмат ушын, Президент Шавкат Мирзиёев усы жылдың 31-январь күни:
«Жақында көп ректорлар жумыстан алынады. Мениң столымда турған мағлыўматларға қарағанда, бул ректорлар билими, дәрежеси ҳәм ўатан сүйиўшилик тәреплери менен ректор болыў былай турсын, ҳәттеки, қараўыл болыўға арзымайды», - деп айтып өткен еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан