Telegram karinform

Сиясат

  • 24.11.2017 22:13
  • 2403

ҚМУ студенти депутат болды



Өзбекистан жаслар аўқамының Ташкент қалалық Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген «Жаслар парламенти» жойбарында быйылғы оқыў жылындағы Беруний атындағы мәмлекетлик стипендияның жеңимпазы болған техника факультети имаратлар қурылысы қәнигелигиниң студенти Бабур Камаловтың қатнасып атырғаны ҳаққында алдын хабар берип өткен едик. Бабур өзиниң зийреклиги ҳәм басламаларының актуаллығы менен жойбардың ең соңғы басқышы болған «Жаслар саммити»не жоллама алған еди.
Усы жылдың 17-19-ноябрь күнлери аралығында Ташкент қаласында өткерилген «Жаслар саммити Ташкент-2017» жойбарында «Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў» бағдары бойынша өзиниң басламалары ҳәм усыныслары менен қатнасқан студентимиз экспертлер топарының итибарына түсип, өзиниң қәбилетин көрсете алды.




- «Жаслар саммити Ташкент-2017» жойбарында команда болып қатнасыў керек еди. Усы басқышқа өткен қатнасыўшылар арасынан бес студент биргеликте «Motivation 5» командасын дүздик. Ҳәр топар ағзалары бир жойбарды көтерип шығыўы ҳәм оның әҳмийетин ашып бериўи керек еди. Командалас досларым менен ойласып, мениң жаслар исбилерменлиги ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў бойынша усыныс еткен жойбарымды алып шықтық. Олар мени командамыздың сәрдары етип сайлады. Мен буннан оғада қуўандым ҳәм жуўапкершиликти еки есе сезинип, командамыз бенен жеңип шығыўға ҳәрекет еттим. Жойбарда қатнасқан басқа командаларға салыстырғанда көтерип шыққан басламамыз өзиниң актуаллығы менен ажыралып турды ҳәм илаж соңында биз жеңимпазлықты қолға киргиздик. Комадамыздың бес ағзасы менен бирге Ташкент қаласының «Жаслар депутаты» болыў бахтына еристик, - дейди Бабур толқынланып.




Бабур тынып-тыншымайтуғын, өз үстинде қайта ислеўден жалықпайтуғын, зийрек студентлеримиздиң бири. Оның бүгинги жетискенликлерин көрип, «Қурылыс тараўынан депутат шықпайды, деп ким айтты?» деп те мақтанып айта аламыз. Оның бүгин жаслар депутаты болыўы келешектеги жумысларына да жақсы тәсирин тийгизеди, деген исенимдемиз.

Ислам МАТЕКОВ
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити