
Бүгинги күнде адамлардың жәмийеттеги дәрежеси оның социаллық тармақлардағы жазылыўшыларының саны ямаса топлаған «лайк»лары арқалы белгиленип қалмақта. «Лайкомания» туўралы еситтиңизбе? «Лайкомания» вирусы туўралы биринши болып орыс патриархы Кирилл айтып өткен. Көпшилик жаслардың «лайк» ушын ҳәр қандай иске таяр екенлиги бүгинги күнниң актуал машқаласына айланды. Айырым адамлар жәрдемге мүтәжлерге жәрдем бериўдиң орнына, олардың қасында биймәлел сүўретке түсиўди абзал көрмекте.
Бүгинги күнде өзлериниң постына күтилген дәрежеде «лайк» жыйнай алмаса, буны өзине апатшылық деп билетуғын адамлардың топары да қәлиплесип үлгерди. Пикиримиздиң тастыйғы сыпатында төменде «лайкомания» кеселлигиниң ҳәўиж алғанлығын билдириўши фотосүўретлерди дыққатыңызға усынамыз.
Бул инсанлар социаллық тармақлардағы өзлериниң постына «лайк» жыйнаў ушын усындай қәўипли ислерди әмелге асырған.






Сахибжамал Есемуратова