Telegram karinform

Экономика

  • 13.07.2020 16:13
  • 1568

Мойнақта «Арал артемия санаат» мәмлекетлик унитар кәрханасы шөлкемлестириледи

Мойнақта «Арал артемия санаат» мәмлекетлик унитар кәрханасы шөлкемлестириледи

«Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районы ҳәкимлиги жанында «Арал артемия санаат» мәмлекетлик унитар кәрханасының жумысларын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Ҳүкиметлик қарар (438-санлы, 11.06.2020-жыл) қабыл етилди. Бул ҳаққында «Янги Ўзбекистон» басылымы хабар берди.

Қарарға муўапық, Мойнақ районында артемия цистасын аўлаў ҳәм қайта ислеў тармағын жетилистириў және жоқары сапалы артемия цистасы өнимлериниң экспорт көлемин еле де арттырыў мақсетинде район ҳәкимлиги жанында «Арал артемия санаат» МУК шөлкемлестириледи.

Оның тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат:

- Арал теңизиндеги артемия цистасы ресурсларынан нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте ақылға уғрас пайдаланыў;

- Артемия цистасын аўлаў ҳәм қайта ислеўди комплексли раўажландырыў бағдарламаларын әмелге асырыў, усы тараўда илимий-техникалық, технологиялық, инвестициялық ҳәм экспорт жумысларын жүргизиў;

- Артемия цистасын тәбийғый өсиў майданларынан ақылға уғрас пайдаланған ҳалда оларды аўлаў ҳәм қайта ислеў көлемлерин басқышпа-басқыш арттырып барыў;

- Артемия цистасын аўлаў және қайта ислеў бойынша жаңа қуўатлылықларды шөлкемлестириўге алдынғы технологияларды енгизиў.

Усы нормативлик ҳүжжетке муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси «Арал артемия санаат» МУКтың шөлкемлестириўшиси болып табылады.

Сондай-ақ, усы қарар тийкарында «Арал артемия санаат» МУКтың структурасы да тастыйықланды.

«Арал артемия санаат» МУКтың уставы болса бир ай мүддетте ислеп шығылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл