Telegram karinform

Спорт

  • 30.11.2017 21:11
  • 2252

Роберто Карлос Франция дәрўазасына урылған фантастикалық голының сырын ашты (видео)

Роберто Карлос Франция дәрўазасына урылған фантастикалық голының сырын ашты (видео)

Бразилия сайланды командасының қорғаўшысы Роберто Карлос 1997-жылы жолдаслық ойын ўақтында Франция сайланды командасының дәрўазасына урған әжайып, тәкирарланбас голының сырын ашты.
Бул гол спорт ықласбентлери менен экспертлерди елеге шекем таң қалдырып келмекте. Футболшының күшли соққысынан қыялап ушқан топ қорғаныўда турған футбошылардан айланып өтип, дәрўаза сүтини жанында фантастикалық түрде бурылып, дәрўаза төринен орын алған еди. Дәрўазада турған белгили дәрўазаман Фабьен Бартез топты қайтара алмаған еди.
- Топ шыны менен дәрўазадан қыйсық тәрепке қарай баратыр еди. Самалдың тәсиринде дәрўазаға қарай бурылып кетти. Буны футбол әжайыбаты деп баҳалаў мүмкин, - деп айтып өткен Роберто Карлос L’Equipe басылымына берген интервьюында. Бразилиялы футболшы 20 жылдан соң ғана усы голы ҳаққында айтып өтти. Усы жылдың июнь айында ол шынығыўлардағы тынымсыз мийнетлериниң арқасында усындай гол урыўға ерискени жөнинде айтып өткен еди.
2010-жылы бир топар қәнигелер усы голдың қалай урылғаны бойынша изертлеў жүргизген. Нәтийжеде олар футболшы топты қыя тебиў арқалы бағытын өзгерте алған, деген жуўмаққа келген еди. Ал сол жылы француз изертлеўшилери топтың ушыў бағытын анықлайтуғын арнаўлы формула ислеп шығып, бул голды футболшы жетик шеберлиги нәтийжесинде урған, деген пикирге келген еди. Төменде сиз усы фантастикалық голды тамашалаўыңыз мүмкин.



Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

Муғаллим телефонды алып қойыўға ҳақысы жоқ дейсиз бе, алжасасыз! (+ видео)

Муғаллим телефонды алып қойыўға ҳақысы жоқ дейсиз бе, алжасасыз! (+ видео)

    Өзбекстан Республикасы Конституциясында Билимлендириў шөлкемлери аймағында ҳәм аудиторияларында телефонлардан пайдаланыў тәртиби белгиленген. Билимлендириў шөлкемине келгенде