Telegram karinform

Экономика

  • 22.02.2021 15:45
  • 1256

Тақыятас ЫЭСтеги екинши пуў-газ қурылмасы толық қуўатлылыққа өткерилди

Тақыятас ЫЭСтеги екинши пуў-газ қурылмасы толық қуўатлылыққа өткерилди
Тақыятас ыссылық электр станциясында ҳәр бириниң қуўатлылығы 280 МВт болған еки пуў-газ қурылмасын қурыў бойынша инвестициялық жойбардың әмелге асырылыўы шеңберинде екинши пуў-газ қурылмасы толық қуўатлылыққа өткерилип, функционал сынақ жумыслары даўам еттирилмекте. Бул ҳаққында Энергетика министрлиги хабар берди.

Станциядағы қуўатлылығы 280 МВт болған биринши пуў-газ қурылмасы 2020-жылдың декабрь айында толық қуўатлылық пенен иске түсирилген еди.
Тақыятас ЫЭСтеги екинши пуў-газ қурылмасы толық қуўатлылыққа өткерилди
Жойбардың енгизилиўи менен станцияның техникалық-экономикалық көрсеткишлери артады. Нәтийжеде 1 кВт саат электр энергиясын ислеп шығарыў ушын сарпланатуғын шәртли жанармай муғдары 164,3 гр/кВт саатқа кемейеди, бул болса бир жылда 488,6 миллион куб метр тәбийғый газдиң үнемлениўине тийкар жаратады.

Заманагөй ҳәм энергонәтийжели технологиялардың иске түсирилиўи Аралбойы аймағында экологиялық жағдайды жақсылаў, тәбиятты қорғаўда да әҳмийетли болып табылады. Бир ғана суў ресурсларына болған талаптың өзи жылына 452 миллион куб метрден 159 миллион куб метрге кемейеди.
Тақыятас ЫЭСтеги екинши пуў-газ қурылмасы толық қуўатлылыққа өткерилди
Сондай-ақ:

- атмосфераға шығарылып атырған зыянлы газлер 3,2 есеге азаяды;
- азот оксиди 3,5 есеге кемейеди;
- тийкарғы пуў газлериниң шығыўы жылына 972,22 мың тоннаға шекем азаяды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан