Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.03.2021 12:59
  • 1860

Карантин талапларына әмел етилиўи қатаң қадағалаўға алынады

Карантин талапларына әмел етилиўи қатаң қадағалаўға алынады
Бүгин Ташкент қаласы ҳәкимлигинде Ташкент қаласына коронавирус инфекциясының кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша қалалық штаб ағзалары, қала ҳәкими Ж.Ортиқхўжаев басшылығында арнаўлы жыйналыс болып өтти.

Қала ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, жыйналыста Ташкент қаласында коронавирус инфекциясына шатылыў жағдайлары артып атырғаны бойынша тийисли тараў ўәкиллериниң мәлимлемеси тыңланды.

Қаланың барлық районлары, мәкан пуқаралар жыйынлары, жумыс орынлары ҳәм билимлендириў мәкемелери, сондай-ақ, халық көп жыйналатуғын базарлар және саўда орайлары, жәмийетлик транспортларда әмелдеги карантин тәртип-қағыйдаларына толық әмел етилиўин тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге тапсырма ҳәм көрсетпелер берилди.

Мағлыўмат ушын, 12-13-март күнлери Өзбекстан бойынша коронавирус инфекциясына шатылыў бойынша күнлик көрсеткиш 80 адамға шамаласып, солардан Ташкент қаласының өзинде бир күнде 70 наўқас анықланған еди.

ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң хабар бериўинше, 14-март күнги жағдай бойынша Өзбекстан бойлап медициналық мәкемелерде емленип атырған 725 наўқастан 141 адамның аўҳалы аўыр, ал 23 адамның жағдайы оғада аўыр болып қалмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал