Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.04.2021 17:23
  • 1043

Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң «Дамас»ларда 3 жолаўшыдан артық болмаўын қадағалаўы тийкарсыз – Транспорт министрлиги

Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң «Дамас»ларда 3 жолаўшыдан артық болмаўын қадағалаўы тийкарсыз – Транспорт министрлиги
Бүгин, 20-апрель күни социаллық тармақларда жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметкерлериниң «Дамас» автотранспортында 3 жолаўшыдан артық болмаўы кереклиги түсиндирилип атырғаны сәўлеленген видеокөринис тарқалды.

Бул жағдайға Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети анықлық киргизип, жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметкерлериниң ҳәрекетлери тийкарсыз екенлигин мәлим етти.

«Ҳәзирги ўақытта коронавирус пандемиясы кең тарқалыўының алдын алыў мақсетинде усы жылдың 18-апрель сәнесинен баслап карантин қағыйдалары қайтадан күшейтилди. Бул ҳаққында Бас министр басшылығындағы кеңейтилген жыйналыста мәлим етилди. Жыйналыс барысында автобусларда орынлар саны 50 процентке шекем шекленетуғыны, сондай-ақ, автобуслар саны көбейтилиўи керек екенлиги атап өтилди. Бул видеода жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметкериниң айтқаны тийкарсыз», - деп жазылған министрлик хабарында.

Қосымша етилиўинше, буннан былай ҳәр бир жолаўшы транспортта медициналық нықапта болыўы талап етиледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Уқсас жаңалықлар

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко

Нөкисте пропан газ тасыўшы жүк машинасы аўдарылып кетти

Нөкисте пропан газ тасыўшы жүк машинасы аўдарылып кетти

    ЖТҲ айдаўшы басқарыўды жоғалтыўы нәтийжесинде жүз берген. Ҳәдийсе ақыбетинде ҳеш ким жарақат алмаған. Айрықша жағдайлар