Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.04.2021 12:40
  • 1605

Днепр дәрьясын кешип өтиўде ерлик көрсеткен пулемётшы Инаят Наўрызбаевтың қайталанбас ерлиги туўралы

9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни
Днепр дәрьясын кешип өтиўде ерлик көрсеткен пулемётшы Инаят Наўрызбаевтың қайталанбас ерлиги туўралы

1918-жылдың 18-сентябринде Төрткүл районында туўылған Инаят Наўрызбаев 1941-жылы урысқа бириншилер қатарында шақырылып, Ўатанымызды фашист басқыншыларынан қорғаў мақсетинде саўаш майданына қарай атланады.

Воронеж фронтының 52-армиясы, 254-атқышлар дивизиясының 933-полкында пулемётшы болып хызмет еткен ол өзиниң ер жүреклиги ҳәм батырлығы менен өз жолдасларына ҳәр тәреплеме үлги болды.

Атап айтқанда, ол 1943-жыл 2-октябрь күни Украинаның Днепр дәрьясын бириншилер қатарында кешип өтип, душпанларға қарсы аяўсыз саўаш алып барды ҳәм өз дивизиясының алға қарай илгерилеўине имканият жаратты.

Әсиресе, 1943-жылдың 17-октябрь күни түнде Крещатик аўылы ушын жүргизилген саўашта душпанның қурал-жарақ сақланатуғын қоймаханасын жоқ етип, аўылға бастырып кирип, оны фашистлерден толық тазалаўға ериседи.

Инаят Наўрызбаевтың Днепр дәрьясын кешип өтиўдеги ерлиги Армия командирлери тәрепинен ылайықлы баҳаланып, СССР Жоқарғы Кеңеси Президиумының 1944-жыл 22-февральдағы Пәрманы менен оған «Алтын жулдыз» медалы ҳәм Советлер Аўқамының Қаҳарманы атағы бериледи.
Днепр дәрьясын кешип өтиўде ерлик көрсеткен пулемётшы Инаят Наўрызбаевтың қайталанбас ерлиги туўралы

1945-жылы офицерлер билимин жетилистириў курсын табыслы тамамлаған Инаят Наўрызбаев өз аўылына қайтып келип, Елликқала районы аймағында жасап, 1999-жылдың 29-апрели күни қайтыс болады.

Баспасөз материаллары тийкарында таярлаған: Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай

Өзлестириў көрсеткишине қарап студентлерге грантларды қайта бөлистириў тәртиби тастыйықланды

Өзлестириў көрсеткишине қарап студентлерге грантларды қайта бөлистириў тәртиби тастыйықланды

    Ҳүкимет қарары менен Жоқары билимлендириў шөлкемлеринде студентлерге грантларды бериў ҳәм қайта бөлистириў тәртиби ҳаққындағы реже