Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.04.2021 14:50
  • 1182

Барлығы тил мәселесинде: Кегейлиде мәкеме, кәрхана, шөлкемлер ҳәм исбилерменлик субъектлерине 10 күнлик мүддет берилди

Барлығы тил мәселесинде: Кегейлиде мәкеме, кәрхана, шөлкемлер ҳәм исбилерменлик субъектлерине 10 күнлик мүддет берилди
Усы жылдың 27-апрель күни Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов райондағы барлық мәкеме, кәрхана, шөлкемлер ҳәм исбилерменлик субъектлери басшыларына үндеў менен хат шығарды. Бул ҳаққында район ҳәкиминиң руўхыйлық-ағартыўшылық жумыслары нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Р.Исаков хабар берди.

Хатта Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14-марттағы 30/3-3425-санлы хатында республика аймағындағы барлық саўда ҳәм турмыслық хызмет көрсетиў орынлары, мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерде, сондай-ақ, олардың аймағында орнатылған сыртқы жазыўлар, дағазалар, реклама ҳәм көргизбели хабарландырыўлардың мәмлекетлик тилде болыўын тәмийинлеў көрсетилгенлиги сөз етилип, оған бола барлық мәкеме, кәрхана, шөлкемлер ҳәм исбилерменлик субъектлери басшылары Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы, «Реклама ҳаққында»ғы Нызамлары ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Сыртқы реклама базарын тәртипке салыў ҳаққында»ғы қарары талапларын орынланыўы талап етиледи.

«Соның ушын, сизлерден 10 күн мүддет ишинде мәкемеңиз имаратында ҳәм оның әтирапында орнатылған сыртқы жазыўлар, дағазалар, реклама ҳәм көргизбели хабарландырыўлардың мәмлекетлик тилде (латын имласында) қәтесиз жазылыўын тәмийинлеўи соралады. Сондай-ақ, егер жоқарыда атап өтилген нызам талапларына белгиленген мүддетте әмел етилмесе, нызам шеңберинде тийисли тәртипте шара көрилетуғынлығы да ескертип өтилген.

Ҳүрметли районымыздағы барлық мәкеме, кәрхана, шөлкем ҳәм исбилерменлик субъектлери басшылары, жоқарыдағы үндеўди бәршемиз туўры мәниде түсинип, ана тилимизге терең ҳүрмет-иззет көрсетиўде сизлерден белсендиликти күтип қаламыз», - деп жазылған хабарда.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Уқсас жаңалықлар

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

    Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Өзбекстанда жетекши исбилермен ҳаяллардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Бул

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытай ҳүкимети туўылыў дәрежесин арттырыў мақсетинде финанслық төлемлер ҳәм аналарға бийпул сүт бериў арқалы хошаметлеў илажларын...