
Бүгин, 3-май – Жәҳән баспасөз еркинлиги күни мүнәсибети менен Ташкент қаласындағы «Түркистан» көркем өнер сарайында журналистика тараўында «Олтин қалам» XV Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаў салтанаты болып өтпекте.
Қуўанышлы тәрепи, таңлаўдың «Ең жақсы журналистлик материал ушын» номинациясында радио бағдары бойынша 2-орын Қарақалпақстан Республикасы телерадиокомпаниясының бас редактор орынбасары Артықгүл Айымбетоваға несип етти.
Кәсиплесимизди қолға киргизген табысы менен редакциямыз жәмәәти атынан қутлықлаймыз.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz