Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.05.2021 13:21
  • 1172

Қубла Корея Аралбойы аймағын қутқарыў жойбарларына 7 миллион долларға шамалас қаржы ажыратпақта

Қубла Корея Аралбойы аймағын қутқарыў жойбарларына 7 миллион долларға шамалас қаржы ажыратпақта
БМШ Бас Ассамблеясының Аралбойы аймағын экологиялық инновация ҳәм технологиялар зонасы деп жәриялаў ҳаққындағы резолюциясына Корея Республикасының елшиси Кан Чжэ Квон өз мүнәсибетин билдирип, мәмлекет Аралбойы аймағын қутқарыў жойбарларына 7 миллион долларға шамалас қаржы ажыратып атырғаны ҳаққында мәлим етти.

- Ең алды менен, Өзбекстанды халықаралық жәмийетшиликтиң белсенди ағзасы сыпатында БМШтағы гезектеги табысы менен қутлықлайман. Пүткил адамзат Арал теңизи кризисине мүнәсип дәрежеде қызығыўшылық билдириўи керек. Бул кризис қоршаған орталық, жергиликли халықтың турмысы, жәмийет ҳәм мәденият, экономика ҳәм раўажланыў, адамзат ҳәм келешек ушын үлкен машқалалар пайда етти. Бул тек ғана Орайлық Азия емес, соның менен бирге Азия континенти ушын әҳмийетли мәселе болып табылады, - деп айтып өткен елши Квон «Дунё» мәлимлеме агентлигине.

Оның атап өтиўинше, Корея Республикасы Аралбойы аймағын қоллап-қуўатлаўға таяр. Қубла Кореяның илимий жәмийетшилиги, медициналық шөлкемлери, компаниялары ҳәм социаллық тараў ўәкиллери Өзбекстан менен биргеликте усы жойбарларды әмелге асырыўға белсене қатнасады.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити