Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.05.2021 15:56
  • 2478

Жоқарғы Кеңес Баслығы мектеп питкериўшилерин қутлықлады

Жоқарғы Кеңес Баслығы мектеп питкериўшилерин қутлықлады
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов пайтахтымыздағы 46-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебинде өткерилген соңғы қоңыраў илажында қатнасты. Бул ҳаққында Жоқарғы Кеңес баспасөз хызмети хабар берди.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары мәмлекетлик гимни атқарылды.

Илажда Жоқарғы Кеңес Баслығы 25-май – мектеп питкериўшилериниң қәдирли мектеби, меҳрийбан устазлары менен хошласып, өмириниң жаңа, және де жуўапкершиликли басқышына қәдем қоятуғын қуўанышлы күн менен кеўиллери арзыў-үмитлерге, үлкен мақсетлерге толы питкериўши жасларды, олардың муғаллимлерин ҳәм ата-аналарын шын кеўилден қутлықлады.
Жоқарғы Кеңес Баслығы мектеп питкериўшилерин қутлықлады
М.Камалов Ҳүрметли Президентимиз мәмлекетимиз мектеплерин питкериўши ул-қызларға жоллаған қутлықлаўында «Мектепти питкерип шығып атырған жигит-қызларымыздан биреўи итибардан шетте қалмайды. Олардың ҳәр бири халқымыз, Ўатанымыздың шексиз меҳри ҳәм жоқары итибарын сезинип жасайды. Сизлердиң өмирде өз орныңызды табыўыңыз ушын мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиз буннан былай да бар күш ҳәм имканиятларын толық жумсайды» деп үлкен итибар көрсетип, питкериўши жасларға жоқары исеним билдиргенлигин атап өтти.
Жоқарғы Кеңес Баслығы мектеп питкериўшилерин қутлықлады
Ҳақыйқатында да, мәмлекетимизде Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен өсип киятырған жас әўладты ҳәр тәреплеме кәмил инсан етип тәрбиялаў, билимлендириў системасын түп тийкарынан реформалаў, устаз ҳәм муғаллимлердиң мийнетин мүнәсип баҳалаў, жаслардың билим алыўы ушын барлық шараятларды жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.

46-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебинде әне сондай итибар ҳәм имканиятлардан үнемли пайдаланып, өз алдына жоқары мақсетлерди қойған 152 оқыўшы 11-классты питкермекте. Олардың арасында 9 оқыўшы мектепти алтын ҳәм гүмис медаллар менен питкерди, 12 оқыўшы мүддетинен алдын АҚШ, Уллы Британия, Польша, БАӘ, Қубла Корея, Сингапур сыяқлы мәмлекетлердиң жоқары оқыў орынларына кирди.

Илажда соңғы қоңыраў қағылды. Мектеп оқыўшылары атқарыўындағы қосық ҳәм ойынлар жыйналғанларға көтериңки кейпият инам етти.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Уқсас жаңалықлар

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

        Алымлар ашық ҳаўада дем алыў балаларда миопи қәўипин кемейтириўин анықлады. Тайванлы изертлеўшилер жақын аралықтағы еки

Өзбекстанда ыссылық ҳәм ыссы суў тарифлери 2025-жылда қаншаға артыўы мәлим етилди

Өзбекстанда ыссылық ҳәм ыссы суў тарифлери 2025-жылда қаншаға артыўы мәлим етилди

    Өзбекстан ыссылық ҳәм ыссы суў тарифлери 2025-жыл даўамында 2 мәрте артыўы көзде тутылған. Бул ҳаққында

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети