Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.05.2021 10:59
  • 1071

НМПИдиң бир факультети ҳәм бир топарының студентлери оқыўын онлайн тәризде даўам еттиреди

НМПИдиң бир факультети ҳәм бир топарының студентлери оқыўын онлайн тәризде даўам еттиреди
Нөкис қалалық Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық бөлиминиң 2021-жыл 27-майдағы №3-1305-санлы хаты тийкарында, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты шет тиллери факультети студентинде коронавирус инфекциясы (COVID-19) анықланғаны себепли усы факультет студентлери 2021-жылдың 27-май сәнесинен баслап оқыў процесин онлайн (аралықтан) тәризде даўам еттирмекте. Бул ҳаққында институт баспасөз хызмети хабар берди.

Сондай-ақ, географияны оқытыў методикасы тәлим бағдары оқытыўшысында «COVID-19» вирусы анықланғаны себепли, усы тәлим бағдарының 3-курс студентлериниң оқыўы онлайн (аралықтан) тәризде алып барылмақта.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Уқсас жаңалықлар

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында