Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.06.2021 13:58
  • 1442

Бозатаўда поэзия күнлери

Бозатаўда поэзия күнлери
«Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» сүрени тийкарында мәмлекетимиз бойлап көтериңки руўхта өткерилген жаслар фестивалы шеңберинде Бозатаў районындағы Жаслар орайында поэзия кешеси болып өтти. Онда әдебиятқа ықлас қойған жас дөретиўшилер ҳәм белгили шайыр-жазыўшылар қатнасты.

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының Жаслар менен ислесиў бойынша орынбасары, шайыр Б.Эргашев, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы баслығы К.Кәримов ҳәм өзбек заманагөй прозасында тез пәт пенен танылып атырған жас жазыўшы, «Қорқпа» романы авторы Ж.Жовлиевлар сөзге шығып, журтымызда әдебиятқа, әсиресе жас дөретиўшилерге қаратылып атырған итибар ҳаққында айтып өтти.
Бозатаўда поэзия күнлери
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының «Биринши китабым» жойбары тийкарында туңғыш китаплары жәрияланған, республкамыздың түрли ўәлаятларынан жыйналған жас шайыр ҳәм жазыўшылар да сөзге шығып, фестиваль тәсирлери менен бөлисти. Сондай-ақ, «Бозатаў илҳамлары» деп аталған жаслар баязының презентациясы болып өтип, оннан орын алған қосықлар тыңлаўшылар нәзерине усынылды.

Жаслар ислери агентлиги ҳәм Жас дөретиўшилер кеңеси басшылығында шөлкемлестирилген «Дуэль» таңлаўының 2021-жылдан баслап кең маштабта өткерилиўи, шәртлери ҳәм талаплары туўралы да түсиниклер берилди. Соңынан поэзия ықласбентлери тәрепинен дослық мушайрасы өткерилип, онда Ўатан, туўылған жер, дослық ҳәм ҳәр түрли мазмундағы қосықлар оқылды.
Бозатаўда поэзия күнлери
Қарақалпақ поэзиясының жас ўәкиллери болған А.Дәрменов, Н.Караматдинова, Б.Жолдасбаев, А.Мухамедияров, А.Смайилов, А.Өмирбаева ҳәм т.б шайырлар өз қосықлары менен қатнасып, жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды.

Поэзия кешеси даўамында И.Юсупов атындағы қәнигелестирилген мектеп-интернаты оқыўшылар да өз дөретплери менен қатнасып, кешениң мазмунлы өтиўине себепши болды.

Атағулла Сатбаев,
ҚМУ магистранты, жас дөретиўши.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

Қарақалпақстанда биринши мәрте Арал мәденият саммити өткериледи

Қарақалпақстанда биринши мәрте Арал мәденият саммити өткериледи

Усы жылдың 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстанның Нөкис қаласында биринши мәрте Арал мәденият саммити болып өтеди, деп хабар...

Наўрыз байрамы ушын қосымша дем алыс күнлери берилмейди ме?

Наўрыз байрамы ушын қосымша дем алыс күнлери берилмейди ме?

    Наўрыз байрамы ушын қосымша дем алыс күнлери берилмейди ме? Ҳәзирше Наўрыз байрамына қосымша дем алыс