Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.06.2021 17:50
  • 738

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты делегациясы Пакистанда

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты делегациясы Пакистанда
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Пакистан Ислам Республикасының Пенжаб университети менен илимий-педагогикалық жумысларда еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша сөйлесиўлер алып барылып, алдағы исленетуғын ўазыйпалар белгилеп алынғаны ҳаққында хабар берген едик.

Институттың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры П.Калханов, халықаралық байланыслар бөлими баслығы А.Бимбетов ҳәм шет тиллери кафедрасының баслығы Н.Бабаниязова, сондай-ақ, Өзбекстанның Пакистадағы елшиханасы сиясий мәселелери бойынша хаткери Х.Тошбаевлардан ибарат делегация Пакистан Ислам Республикасының Лаҳор қаласында жайласқан Пенжаб университетине хызмет сапары менен барды.
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты делегациясы Пакистанда
Пенжаб университети вице-канцлери, профессор Муҳаммад Салим Мажар, вице-канцлер Нияз Аҳмад Ахтар, Регионаллық бирге ислесиў орайы баслығы Фоизила Ҳади Али, Ҳәкимшилик бирге ислесиў директоры Яаамина Салам, Илимий-изертлеў институты директоры Рафакату менен болып өткен ушырасыўда делегация ўәкиллери усы жылдың 14-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев ҳәм Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Имрон Хон арасында болып өткен онлайн саммитте еки мәмлекет арасында жәмийетлик-сиясий, экономикалық, мәдений-гуманитар тараўларда бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериў мәселесинде сөйлесиўлер алып барылғаны үлкен тарийхый әҳмийетке ийе болғанлығын атап өтип, соннан келип шығып, еки жоқары оқыў орны арасында студентлер, докторантлар ҳәм профессор-оқытыўшыларды алмасыў, 6 айдан 1 жылға шекемги бийпул ҳәм барлық қәрежетлери қапланатуғын оқыў сапарларын шөлкемлестириў бойынша алып барылатуғын жумысларды додалады.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл