Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.08.2021 15:45
  • 747

Ижарада жасайтуғын студентлерге ижара төлеминиң ярымы төлеп бериледи

Ижарада жасайтуғын студентлерге ижара төлеминиң ярымы төлеп бериледиЖатақхана менен тәмийинленбеген ҳәм өзине, соның менен бирге, ата-анасына (нызамлы ўәкиллерине) тийисли болмаған жайда ижарада жасайтуғын мәмлекетлик жоқары оқыў орынлары студентлериниң 60 процентине олар тәрепинен төленетуғын айлық ижара төлеминиң 50 проценти Мәмлекетлик бюджет есабынан төлеп бериледи. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 20-апрельдеги «Жаслардың исбилерменлик жумысларын қоллап-қуўатлаў ҳәм бәнтлигине көмеклесиў, оларды социаллық қорғаў және бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманында көрсетип өтилген.

Бунда:

- ижара төлеминиң төлеп берилетуғын бөлими Ташкент қаласында – базалық есаплаў муғдарының 1 есеси, басқа аймақларда – базалық есаплаў муғдарының 0,5 есесинен көп болмаўы керек;

- ижара төлеминиң төлеп берилетуғын бөлими биринши гезекте жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлерине, өрнек болатуғын ҳәм белсенди студентлер ушын төлеп бериледи;

- жоқары оқыў орынлары тәрепинен олардың бюджеттен тыс қаржылары есабынан ижара ҳуқықы тийкарында жасайтуғын басқа студентлерге де айлық ижара төлеминиң бир бөлеги төлеп берилиўи мүмкин.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

    ️Енди жоқары курслардағы өзлестириўи жақсы ҳәм социаллық белсенди студентлер толық ямаса белгили бир бөлеги муғдарында