Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.09.2021 14:35
  • 626

Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфералық резерваты ЮНЕСКОның биосфералық қорықханалары тармағына киргизилди

Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфералық резерваты ЮНЕСКОның биосфералық қорықханалары тармағына киргизилди
Бул ҳаққында ӨзР Туризм ҳәм спорт министрлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.

Төменги Әмиўдәрья биосфералық резерваты Қарақалпақстан Республикасының Беруний ҳәм Әмиўдәрья районлары аймағында жайласқан. Оралық Азия тоғайларының 20 проценти ҳәм Өзбекстан тоғайларының 74 проценти усы аймаққа туўра келеди.
Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфералық резерваты ЮНЕСКОның биосфералық қорықханалары тармағына киргизилди
Қорықхананың улыўмалық майданы 69 мың гектарға шамалас болып, резерват аймағындағы 419 түрдеги өсимликлердиң 2 түри, 36 түрдеги ҳайўанның биреўи, 43 түрдеги балықлардың 12 түри ҳәм 246 түрдеги қуслардың 23 түри Қызыл китапқа киргизилген.

ЮНЕСКОның биосфералық резерватлары ҳәзирги ўақытта жер жүзиниң 5 проценттен асламын ийелейди ҳәм биологиялық көп түрлиликти сақлаў, экологиялық билимлендириў, изертлеў ҳәм турақлы раўажланыўды бирлестиреди.
Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфералық резерваты ЮНЕСКОның биосфералық қорықханалары тармағына киргизилди
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Төменги Әмиўдәрья биосфералық резерватының тийкарғы символы Бухара суўыны – хангүл болып, усы жыл бәҳәрде өткерилген санақ нәтийжелерине муўапық, аймақта 1400 бастан асламы жасайтуғыны анықланған.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл