Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.10.2021 18:26
  • 921

Жаңалық! Қарақалпақ гуманитар илимий-изертлеў институты жанында илимий кеңес дүзилди

Жаңалық! Қарақалпақ гуманитар илимий-изертлеў институты жанында илимий кеңес дүзилди
Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Қарақалпақ гуманитар илимий-изертлеў институты жанында филология илимлери бойынша илим докторы (DSc) илимий дәрежесин бериўши илимий кеңес дүзилди.

Қарақалпақ гуманитар илимий-изертлеў институты жанындағы илимий кеңеске төмендеги қәнигеликлер бойынша диссертациялар қорғаўын өткериўге рухсат берилди:

10.00.03 – «Қарақалпақ тили»;
10.00.08 – «Фольклортаныў».

Илимий кеңес қурамы 10 адамнан ибарат болып, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Қарақалпақ гуманитар илимий-изертлеў институты директоры, филология илимлериниң докторы (DSc) Айтмурат Альниязов илимий кеңес баслығы етип белгиленди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити