Telegram karinform

Сиясат

  • 23.10.2021 11:28
  • 730

Қысқа мүддетли халықаралық бақлаўшылар Қарақалпақстанға келди

Қысқа мүддетли халықаралық бақлаўшылар Қарақалпақстанға келди
Елимизде өткерилетуғын әҳмийетли сиясий процессти бақлаў ушын Қарақалпақстан Республикасына келген халықаралық бақлаўшылар 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясы ағзалары менен ушырасты.

Ушырасыўда Италия, Бельгия, Польша, АҚШ, Россия, Қазақстан ҳәм басқа мәмлекетлерден келген бақлаўшыларға 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының баслығы У.Жалменов Қарақалпақстанда Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериў бойынша таярлық жумыслары ҳәм ҳәзирги ўақытта әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында толық мағлыўмат берди.
Қысқа мүддетли халықаралық бақлаўшылар Қарақалпақстанға келди
Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасында 656 сайлаў участкасы шөлкемлестирилип, 8 мың 386 сайлаў участкаларының ағзалары тастыйықланғаны ҳаққында таныстырып өтти.

Бақлаўшылар Қарақалпақстанда неше ҒХҚ ўәкиллери аккредитациядан өткенлигин сорады. Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барып атырған 71 ҒХҚ ўәкиллери аккредитациядан өткерилгенлиги ҳәм сиясий процесслерди сәўлелендириўде белсене қатнасып атырғанлығы мәлим етилди.
Қысқа мүддетли халықаралық бақлаўшылар Қарақалпақстанға келди
– 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының баслығы менен сәўбетлестик. Округлик комиссия баслығы аймақта сайлаўға таярлық процесслери ҳаққында толық мағлыўмат берди. Сайлаў округинде комиссия ағзалары және Баспасөз орайында жергиликли ҳәм сырт елли журналистлер ушын жаратылған шараятлар менен таныстық, - дейди ЕҚБШ Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросынан келген халықаралық бақлаўшы Йоахим Кецлер.

Сайлаў процесслерин бақлаў ҳәм сәўлелендириў ушын халықаралық бақлаўшылар және ҒХҚ ўәкиллериниң Қарақалпақстан Республикасына келиўи даўам етпекте.
Қысқа мүддетли халықаралық бақлаўшылар Қарақалпақстанға келди
Қысқа мүддетли халықаралық бақлаўшылар Қарақалпақстанға келди
Қысқа мүддетли халықаралық бақлаўшылар Қарақалпақстанға келди
Қысқа мүддетли халықаралық бақлаўшылар Қарақалпақстанға келди
Қысқа мүддетли халықаралық бақлаўшылар Қарақалпақстанға келди
Қысқа мүддетли халықаралық бақлаўшылар Қарақалпақстанға келди
Қысқа мүддетли халықаралық бақлаўшылар Қарақалпақстанға келди

1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының Баспасөз орайы.
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл