Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.11.2021 14:49
  • 684

Қарақалпақстанлы талаба Қураны кәриймди 10 саатта толық ядтан оқып берди

Қарақалпақстанлы талаба Қураны кәриймди 10 саатта толық ядтан оқып берди

Ташкент ислам институты Таҳфизул Қуран кафедрасы 3-курс талабасы Жиемуратов Сардар қарый 30 пара Қураны кәриймди бир күнде бир отырыўда 10 саат даўамында ядтан оқып берди. Бул ҳаққында «AlBeruniy.uz» каналы хабар берди.

Таҳфизул Қуран кафедрасы баслығы Жаҳонгир қарый Неъматов басшылығындағы устазлар топары таң намазы ўақтында саат 06:00 ден баслап намазлыгер ўақтына шекем Сардар қарыйдың оқыған қирәәтин тексерип барды.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Сардар қарый Ташкент ислам институтына кириўден алдын Нөкис қаласында жайласқан Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында 2015-2019-жыллар даўамында тәжирийбели устазлардан тәлим алып, усы жердиң өзинде Қураны кәриймди бир мәрте толық яд алған еди.

Итибарлы тәрепи сонда, Сардар қарый Қарақалпақстаннан барып оқып атырған талабалардың ишинде биринши болып Қураны кәриймди бир мәрте, бир отырыўда, 10 саат даўамында оқып берген талаба есапланады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал