Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.11.2021 16:43
  • 955

Нөкис қаласында «Жасыл мәкан» акциясы өткерилди (+фоторепортаж)

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында өткерилген мәжилисте мәмлекетимиз бойлап «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў илажлары көрип шығылып, усы жылдың 10-декабрь күнине шекем терек егиў бойынша «әҳмийетли 40 күнлик» жәрияланған еди.
Нөкис қаласында «Жасыл мәкан» акциясы өткерилди (+фоторепортаж)
Қаламыздың экологиялық жағдайын жақсылаў, ҳаўаның тазалығын сақлаў ҳәм жаслар арасында экологиялық мәдениятты қәлиплестириў менен бирге олардың қоршаған орталыққа болған сүйиспеншилигин арттырыў мақсетинде бүгин, 13-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен Нөкис қаласында «Жасыл мәкан» акциясы өткерилди.

Пайтахтымыздағы «Жийдели Байсын» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 6 гектарлық майданға ҳәр қыйлы декоратив, мийўе ҳәм саялы терек нәллерин отырғызыў жумысларына ерте азаннан баслап мәмлекетлик ҳәм ҳүкиметлик уйымлар, мәкеме, кәрханалар, жоқары оқыў орынларынан ўәкиллер, жасыүлкен нураныйлар, қаламыз турғынлары ҳәм жаслардан ибарат болған бес мыңға шамалас адамлар қатнасты.
Нөкис қаласында «Жасыл мәкан» акциясы өткерилди (+фоторепортаж)
Акция қатнасыўшылары қәнигелердиң көрсетпелери тийкарында экология комитети тәрепинен усыныс етилген катальпа, павловния, япон сафорасы, қарағаш, тут ҳәм акация сыяқлы терек нәллерин отырғызды.

Акция қатнасыўшыларына атыз басында түслик аўқат таярланып, көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди.

Акция жуўмағында терек нәллерин отырғызыў жумысларында белсендилик көрсетип киятырған жоқары оқыў орынлары, мәмлекетлик ҳәм ҳүкиметлик уйымлар, мәкеме, кәрханалар ўәкиллерине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң миннетдаршылық хатлары және естелик саўғалары тапсырылды.

«Жасыл мәкан» акциясы елимиз бойлап даўам етпекте.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Автордың түсирген фотолары.

Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

Психологлар жасалма интеллект пенен сөйлесиў, әсиресе, жасларға унамсыз тәсир етиўи мүмкинлигинен қәўетерленип атыр.  OpenAI ҳәм Массачусетс...

Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз! (+фоторепортаж)

    Усы жылдың 20-март күни халқымыз ушын ең әзиз байрамлардан бири – Наўрыз үлкен салтанат пенен