
Өзбекистан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев денсаўлықты сақлаў мәселелери бойынша өткерилген ушырасыўда мәмлекетте шыпакерлер жетиспейтуғынлығы ҳаққында айтып өтти, деп хабар бермекте Centrasia.ru басылымы.
Мағлыўматта жазылыўынша, Президент Өзбекистанда 11 мың шыпакер жетиспейтуғынлығы жөнинде айтып өткен. Жыйналыста 2018-жылы бакалавриатураға 20%, магистратураға 10%, клиникалық ординаторлыққа 15% көп квота бериў бойынша қарар қабыл етилген.
Сондай-ақ, Ташкент қаласындағы Akfa Medline клиникасының базасында тийисли кадрларды таярлаў ушын оқыў-тәжирийбе орайын қурыў мәселеси де додаланған.
Ислам Матеков.