Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.04.2022 23:00
  • 678

Алымлар қартайыўды тоқтататуғын дәрини ойлап тапты

Япониялы алымлар қартайыўды тоқтата алатуғын ҳәм денени жасартатуғын дәрини анықлады.

Токио университетиниң Медицина илимий-изертлеў институты профессоры Макото Наканисидиң сөзлерине көре, келеси бес-он жыллықта бул дәрини пайдаланыў мүмкин. Атап өтилиўинше, жасқа байланыслы қартайыў органларда исиў процессин бақлайтуғын клеткалардың топланыўы менен байланыслы. Бул клеткалардан бири қартайған яки сенесцент клетка деп аталады. Олар ўақыт өтиўи менен бөлиниў қәбилетин жойтып, органларда топланады ҳәм қартайыўға алып келеди.

«Егер бул клеткалар алып тасланса, олар қозғататуғын исиў процесслерин тоқтатыў ҳәм нәтийжеде қартайыў белгилериниң сезилерли дәрежеде жақсыланыўына ерисиў мүмкин болады», – деп түсиндиреди алым.

Анықланыўынша, қартайған клеткалар глутаминди глутамик кислотаға айландыратуғын GLS1 ферментине мүтәж екен. Бул ферменттиң ингибиторынан пайдаланыў арқалы қартайыўды қозғататуғын клеткаларды жоқ қылыў мүмкин.

Бул гипотезаны сынап көриў ушын алымлар қартайған тышқанда тәжирийбе өткерген. Нәтийжеде, тышқанның бүйреклери, баўыры ҳәм өкпелериниң ислеўи жақсыланған, улыўма оның денеси күшейгени сезилген.

Перуза Яқупбаева

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын

Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз! (+фоторепортаж)

Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз! (+фоторепортаж)

    Усы жылдың 20-март күни халқымыз ушын ең әзиз байрамлардан бири – Наўрыз үлкен салтанат пенен