Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.05.2022 18:00
  • 602

Медицина мәкемелериниң тәжирийбели шыпакерлерине қосымша үстеме төленеди

Ден саўлықты сақлаў министрлигиниң хабарына муўапық, халық аралық медицина бағдарындағы рейтинглерде биринши 200ликке кирген жоқары оқыў орынларының клиникалық ординатура (резидентура), магистратура қәнигелигин тамамлаған ҳәм философия докторы (PhD) ямаса илим докторы (DSc) илимий дәрежесин алған медицина хызметкерлерине қолланылады.

Талабанлар тәрепинен арзалар шөлкемниң кадрлар бөлимине тапсырылады.

Ҳүжжетлер нәўбеттеги басқышта министрликтиң Илим ҳәм билимлендириў басқармасы тәрепинен көрип шығылып, министр буйрығы арқалы хошаметленеди.

Талабанлардың лаўазым ис ҳақысына ҳәр айлық қосымша үстеме министр буйрығы шыққан күннен баслап бир жыл даўамында мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының төменги есесине белгиленеди.

клиникалық ординатура (резидентура), магистратура қәнигелигин тамамлаған медицина хызметкерине – 7 есеси;

философия докторы (PhD) ямаса илим докторы (DSc) илимий дәрежесин алған медицина хызметкерине – 15 есеси

муғдарында пул төлениўи мүмкин.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал