Telegram karinform

Фоторепортаж

  • 01.06.2022 16:00
  • 947

Балаларға байрам саўғалары тапсырылды

 

Бүгинги күни елимизде Президентимиз Ш.Мирзиёев басшылығында келешек әўладларымыз есапланған балалар тәрбиясы, оларға ҳәр тәреплеме ғамқорлық көрсетиў, мүнәсип шараятлар жаратып бериў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Әсиресе, бундай итибар ҳәм ғамқорлықлардан ҳеш ким шетте қалмай атырғанын айрықша атап өтиў орынлы.

 

1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен Нөкис қаласындағы «Имкан» реабилитациялық орайға ийе болған мәмлекетлик қәнигелестирилген көп тармақлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде байрам илажы болып өтти.

 

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасып, бул жерде тәрбияланып атырған балаларға байрам саўғаларын тапсырды.

 

 

Атап өтиў орынлы, ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, абадан турмысын тәмийинлеў, келешек әўладлардың кәмил инсанлар болып жетилисиўи ушын хызмет етпекте.

 

Мәмлекетимиз басшысының «Аралбойы аймағы балалары ушын реабилитациялық орайға ийе болған мәмлекетлик қәнигелестирилген көп тармақлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары да жоқарыдағы пикиримиздиң айқын дәлили болып табылады.

 

Республикамызда биринши болып шөлкемлестирилген усы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси ҳәр қыйлы физикалық нуқсаны болған балаларды социаллық-мәдений орталыққа тартыў, оларды мектепке шекемги билимлендириў ҳәм саламатластырыў реабилитациясы менен тәмийинлеўге қәнигелестирилген.

 

Бул жерде стандарт бөлмелерден тысқары, бассейн, емлеў-денетәрбиясы залы, 2 физиотерапия бөлмеси, 2 массаж бөлмеси, сенсор бөлмеси, майда моториканы раўажландырыў, социаллық-турмыслық ийкемлесиў, музыка ҳәм арт-терапия бөлмеси, ортопед, психолог, педиатр, диетолог, логопед, реабилитолог, психоневролог, методист ҳәм нәўбетши шыпакер бөлмелери менен тәмийинленген.

 

Илаж қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси жәмәәти ҳәм тәрбияланыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Халықаралық балаларды қорғаў күнине арналған байрам илажлары республикамыз бойлап барлық қала ҳәм районлар орайларындағы дем алыс бағлары, мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерде даўам етпекте.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Автордың түсирген сүўретлери.

 

 

 

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз! (+фоторепортаж)

Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз! (+фоторепортаж)

    Усы жылдың 20-март күни халқымыз ушын ең әзиз байрамлардан бири – Наўрыз үлкен салтанат пенен