Telegram karinform

Сиясат

  • 05.12.2024 16:02
  • 176

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры тайынланды

 

Бүгин, 5-декабр күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында шөлкемлестириў мәселелерине арналған жыйналыс болып өтти. 

Жыйналыста Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тийисли буйрығы тийкарында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры лаўазымына Кувондик Айитбаевич Кадиров тайынланғанлығы атап өтилди, деп хабар береди НМПИ баспасөз хызмети. 

Жыйналысты Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов басқарып барды.

Сондай-ақ, илажда соңғы жылларда елимизде жоқары билимлендириўди сапалық жақтан жаңа басқышқа көтериў, заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе болған, креатив пикирлейтуғын, мәлимлеме технологиялары ҳәм шет тиллерин терең меңгерген кадрларды таярлаў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар, олардың нәтийжелери, алдағы ўазыйпалар ҳаққында сөз болды.

 

Кувондик Кадиров усы күнге шекем институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры, сондай-ақ, институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы лаўазымларында жумыс ислеген.

Сондай-ақ, институттың оқыў ислери бойынша  проректоры лаўазымына тайынланған Мухтар Мамутович Ибрагимов жәмәәтке таныстырылды.

 

Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

    ️Енди жоқары курслардағы өзлестириўи жақсы ҳәм социаллық белсенди студентлер толық ямаса белгили бир бөлеги муғдарында