Telegram karinform

Технология

  • 26.12.2017 17:49
  • 2468

Қытайда дүньядағы ең узын айналы көпир қурылды



Қытайдың Хэбэй провинциясында дүньядағы ең узын айналы көпир қурылды. Бул көпир 24-декабрь күни пайдаланыўға тапсырылды, деп хабар бермекте Ria басылымы.
Мағлыўматта келтирилиўинше, Шинцзячжуан қаласындағы Хунъягу районында жайласқан көпирдиң узынлығы 488 метр, ени 2 метрди қурайды. Көпир қурылысы қалыңлығы 4 сатиметр болған 1077 дана айналы панельден исленген. Көпир бийиклиги 218 метр болған еки жар тасты бир-бири менен байланыстырады. Көпирдиң улыўмалық аўырлығы 70 тоннаны қурайды.
Аспа көпирдиң және бир өзгешелиги, жолаўшылар оның ортасына келгенде көпир бираз иймейеди. Бул көпир бир ўақыттың өзинде 2000 адамды көтере алатуғын мүмкиншилиги болғаны менен, оннан тек ғана бир ўақытта 500 адам өте алады.
Қурылыс жумыслары 1,5 жыл даўам еткен. Соңғы жыллары Қытайда айналы көпирлер көбейип бармақта.
Мағлыўмат ушын, 2016-жылдың сентябрь айында Хунань провинциясының Чжанцзяцзе Миллий паркинде дүньядағы ең узын айналы көпир пайдаланыўға тапсырылған еди. Оның узынлығы 430 метр, ени 6 метрди қурайды.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал