Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.03.2018 17:41
  • 2100

Карта. 8-март байрамын белгилейтуғын ҳәм белгилемейтуғын мәмлекетлерди билесиз бе?

Халықаралық ҳаял-қызлар күни ең дәслеп 1911-жылы төрт мәмлекетте – Дания, Швейцария, Австрия ҳәм Германияда байрамланған. 1912-жылдан баслап дүньяның көпшилик еллеринде кең түрде белгилене баслаған. Бүгинги күни бул байрамды айрым еллер мәмлекетлик көлемде, ал айрымлары болса рәсмий емес формада белгилейди. Базы бир мәмлекетлерде улыўма байрамланбайды. Ҳаял-қызларға арналған байрамлар көп болған еллер де баршылық. Бирақ, бул 8-мартқа туўра келмейди.
Мәселен, Ҳиндстанда 8-март күни халықаралық ҳаял-қызлар күни емес, Холи байрамы белгиленеди. Бир-бирине ҳәр қыйлы бояўлар қосылған суў сеўип, кеўиллерин хошлайды. Ал ҳаял-қызлар байрамын октябрь айында белгилейди ҳәм ол он күнге шекем даўам етеди.
Иранда да 8-март ҳаял-қызлар байрамы емес, «Фатима ана»ның туўылған күни сыпатында байрамланады.
Ал Гондураста ҳаял-қызлар күни 25-январьда белгиленеди.
8-март байрамы Европаның көпшилик еллеринде байрамланады. Бирақ, айрым еллерде рәсмий емес формада өткериледи. Байрам күни дем алыс берилмейди. Яғный, Сербия, Босния ҳәм Герцеговина, Хорватия, Ирландия, Швеция, Уллы Британия ҳәм т.б. еллердиң календарында бул байрам жоқ. Тек ғана рәсмий емес формада атап өтиледи.
Африка континентинде Ангола, Замбия, Уганда, Камерун, Буркина-Фасо, Гвинея-Бисау, Кения, Эритрея ҳәм Мадагаскарда ғана мәмлекетлик көлемде белгиленеди. Камерунда байрамланғаны менен, дем алыс берилмейди. Ал Мадагаскарда болса байрам күни тек ғана ҳаяллар дем алады. Ал басқаларында дем алыс бериледи.
Қубла Америка материгинде Бразилия, Гайана, Сальвадор, Суринам, Чили, Никарагуа ҳәм Венесуэла еллеринде байрамланады. Бирақ, дем алыс берилмейди. Ал Боливия, Эквадор, Аргентина, Уругвай, Парагвай, Перу ҳәм т.б. мәмлекетлердиң календарында бул байрам жоқ.
Төменде 8-март байрамын белгилейтуғын мәмлекетлердиң картасы берилген.

Карта. 8-март байрамын белгилейтуғын ҳәм белгилемейтуғын мәмлекетлерди билесиз бе?

Қызыл рең – мәмлекетлик көлемде белгиленип, дем алыс берилетуғын мәмлекетлер.
Қызғыш сары рең – мәмлекетлик көлемде белгиленип, тек ҳаял-қызларға дем алыс берилетуғын мәмлекетлер.
Сары рең – мәмлекетлик көлемде белгиленип, бирақ дем алыс берилмейтуғын мәмлекетлер.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: 👉 https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Уқсас жаңалықлар

Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз! (+фоторепортаж)

Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз! (+фоторепортаж)

    Усы жылдың 20-март күни халқымыз ушын ең әзиз байрамлардан бири – Наўрыз үлкен салтанат пенен

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытай ҳүкимети туўылыў дәрежесин арттырыў мақсетинде финанслық төлемлер ҳәм аналарға бийпул сүт бериў арқалы хошаметлеў илажларын...

Нөкисте пропан газ тасыўшы жүк машинасы аўдарылып кетти

Нөкисте пропан газ тасыўшы жүк машинасы аўдарылып кетти

    ЖТҲ айдаўшы басқарыўды жоғалтыўы нәтийжесинде жүз берген. Ҳәдийсе ақыбетинде ҳеш ким жарақат алмаған. Айрықша жағдайлар