
Әзербайжан Республикасының пайтахты Баку қаласында өткерилип атырған Ислам тилеклеслик ойынларының аўыр атлетика бойынша беллесиўлеринде жерлесимиз, Тақыятас аўыр атлетика мектебиниң тәрбияланыўшысы Рүстем Жангабаев ең аўыр салмақ категориясы бойынша қатнасып, алтын медаль жеңимпазы болды. Мағлыўматларға қарағанда, ол беллесиўлердиң «Ең жақсы спортшысы» номинациясы бойынша да жеңимпаз деп табылған.
Ислам Матеков.